БАЎЫРЛАС
Қарақалпақша
кел. 1. Қаналас, туўысқан, жақын ағайин.
Ҳәзир бол дегендей дүньядан өтти, Туўысқан баўырлас жалғыз жан аға (Омар).
Аға, үке, әке, биреўлер жолдас, Баўырлас, қанал ас көреди ҳәмме (Ә.Шамуратов).
2. Туўысқан миллетлердиң ҳәм де мәмлекетлердиң дослығы, татыўлығы.
Баўырлассаң қос емшектен сүт емген, Келбетиңди Ташкентиме тең десең (К.Султанов).
— Баўырлас өскен елмиз.
Бир-биримиз бенен ийтли-пышықлы болып жүргенше жаў жағадан алғанда биригейик (К.Мәмбетов).