БАДАБАТ
Қарақалпақша
ат. Шаўқым, урыс-кейис.
Ол бадабаттан қорқпады, лекин қапаланды (Т.Қайыпбергенов).
Бул бадабатлардан қорқып, сақланып, Биз ғана ырайдан қайтпадық тек те (И.Юсупов).
0 Бадабат урыў — шаўқым шығарыў.
Бадабат урған сеслер басыла баслады (Н.Дөуқараев).
Бадабат салыў — шатақ шығарыў.
Бирақ, билмеген киси қусап бадабат салып жүреди (Г.Есемуратов).
Бадабат қылыў — шатақ ислеў.
Өз сөзимди жүйлеп қылдым бадабат, Мен мақтансам ол қолланды меламат (Қ.Ирманов).