БАЖАЛАҚЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Шаўқым шығарыў, өзин ямаса биреўди қорғаў мақсети менен өжетленип, қатты-қатты даўыс шығарып сөйлеў.
Оларды көриўден бажалақлады келиншек (Қ.Айымбетов).
2. Урысыў, кейиў.
Кемпир жигитлерге бажалақлады (Б.Кербабаев).
Ашыўының келгенлиги соншелли, өмиринде қылмаған әдетин ислеп, даўысының барынша бажалақлады (Ш.Сейтов).