БАЗАРЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Базарлап келиўшилердиң үйине алып келген затлары, үйлериндеги адамларға әкелетуғын сыйлығы.
Бир күни Бердақ шайыр балаларына базарлыққа Шымбай қаласынан тақыялар алып қайтады (Қ.Айымбетов).
Қалай, алған базарлығыңыз аз болған жоқ па? (Ө.Айжанов).
Ҳәзир үшеўиниз де пәлен базарға барып, ҳасыл затлардан базарлық алып келиңлер, қайсысыңыздың базарлығыңыз бақалы болса мен соған тийемен (ққ.х.е.).
Базарлық берип атыр бәрине бирден, Неге собырайып турман бунда мен (И.Юсупов).