БАЙЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Арқанды, жипти, шыжымды ямаса басқа бир нәрсени бир-бирине жалғастырыў, түйистириў, бәнт етиў.
Қабақгағы жипке узын арқан байлап ырашта жүрип, еки бала еки жақтан тартамыз (А.Бекимбетов).
Жарылған басын сийле менен байлады (А.Бекимбетов).
Соннан тәртеўин үзип әкелип, еки-екиден мойнын қосып жип пенен шатып байлайық (А.Бекимбетов).
2. Қандай да бир нәрсесин басқа биреўге сыйлаўға бериў, хүрметлеў ретинде сыйға усыныў, арнаў.
Енди байлаўлы қаршығамызды баласының қанжығасына байладық (К.Султанов).
Бир тийинсиз Сапардың қанжығасына байлап жибергенимди умыттың ба қатын?! (К.Султанов).
— Ал, жүдә енди? — деп Қудыяр жасаўылды ертип, туўра шаўып баратыр еди, тоғайдың ишинен бир атлы шықты да тазыға булардан бурын жетип, қоянды қанжығасына байлады (К.Султанов).
Билерсең ышқы дәртин өзиң ойлан, Жүреги жаралыға дым қыйын ҳал, Унатсаң ақ марлыға таң да байлап, Жүректи өзиң емлеп, тек өзиң ал (Т.Сейтжанов).
3. Белғили бир шешим, жуўмақ.
Ерназарды алдаўлықта байладың, Айып билмес ҳасльщ натық қолдаўлы (Бердақ).
Байлап өлер сениң жүрер жолыңды, Байлады уры деп еки қолыңды (А.Әтеш).
0 Тили байланыў — сөйлей алмай қалыў, үнсиз қалыў.
Үндемейсиз неше айлап, Қоя бериң тилди байлап (Т.Жумамуратов).
Бел байлады — тәўекел етти, тақтурды, умтылды, жигерленди, ғайратланды, ғурыжға минди.
Арадан еки күн өткен соң Әметтиң өзегин өртеген ой бир жағына шығып, ол Жумагүлдиң үйине барыўға белин байлады (Ө.Айжанов).
Шофёр болдым машын айдап, Сол талапқа белди байлап (Ш.Артық).
Ўатанымыз гүл жайнаған, Халқы ушын бел байлаған, Намыс ушын жан қыйнаған, Досларға даўыс берейик (Д.Қасымов).
Жипсиз байлады — аўыс, руқсат етпеди, өз еркине жибермеди.
Түсим бе, оңым ба, япырмай бала, — деп иштен ойланып, жипсиз байлаўда (Ш.Артық).
Кимниң маңдайындағы жалғыз ешкисин, кимниң сыйырын апарып ийирип жипсиз байлап қойыпты (К.Султанов).
Көз байлады — алдады, арбады, беккемледи.
Соны барып ал да ушын ис етип жонып, Испандиярдың еки көзинен байлап сары жайға салып атсаң... (ққ.х.е.).
Қанат байлады — талпыныўға умтылыў.
Сени сүйип жырым қанат байлаған, Қыялымды алып ушып барады (Т.Сейтжанов).
Шадлығыма шадлық қосқан, Жазған сайын кеўлим йошқан, Қанат байлап өрге ушқан, Бул жаслық жырларым саған (Т.Сейтжанов).
Бахтын байлады — кесент, иркиниш, зыян.
Ендиги жағында сол бийдәўлетти күтип бахтыңды байлама, өзиңниң оңарыңды ойла, балам? (К.Смамутов).
Сен жүрипсең сайран етип той-тойлап, Пайдасыз қызларға бахтыңды байлап (А.Дабылов).
Байлама мениң бағымды, Ол айтқаның керек емес (Омар).
Суў байлады — бөгет басыў, сағасын тыйыў, ағызбаў, тоқтатыў.
Жуўырды Гүлжан бөгетке, Пәтли суў байлаў бермеди (Б.Қайыпназаров).
Саға байлаў — шыққан жерин иркиў, тоқтатыў.
Мине, ол он қарықтың сағасын байлаўға киристи, ... (Ө.Хожаниязов).
...олар