⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЙЛАМ

Қарақалпақша

ат. 1. Басқа салынатуғын жаўлықтың (шаршының) ең кишкене өлшеми. Бир байлам шаршыны белине байлап ғарры сыртқа шығып кетти (ққ.х.е.). 2. Бир топ түйин, бир буўма, түйиншик. Ҳәммесин бир байлам етип буўды (Ө.Айжанов). 3. Қап ямаса қапшықтың ҳәм де ыдыслардың аўзын байлайтуғын ең кишкене жип ямаса шыжымның өлшеми, бөлеги. ...қарыстай байлам жип табылмады,... (ққ.х.е.). 4. Жуўмақ, тоқтам, шешим, сөздиң түйини. Бул мәселе бойынша бригадир колхозшылар менен бир байламға келди (газетадан).