⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЙЛАНЫСЫЎ

Қарақалпақша

ф. Араласыў, қатнасыў, қарым-қатнасық жасаў, сөйлесиў, келисимге келиў. Мийнеткеш массасы менен байланысыў керек болды (С.Мәжитов). ...автор тарийхый ўақыялардын шебер байланысыўына ериседи (Г.Есемуратов). Ағитация ҳәм пропаганда жумысларын практикалық жумыслар менен байланыстырыў керек (Т.Нәжимов). ...бурынғы әдебият пенен ҳәзирги әдебияттың саны тығыз байланысқаны айқын (А.Бекимбетов).