БАЙРАМ
Қарақалпақша
ат. Белгили бир тарийхый ўақыяға байланыслы белгиленген мереке күни, той-тамаша болатуғын мерекениң күнлери.
Бул байрам хақыйқат дослық байрамы болады (газетадан).
Халқым қутлы болсын уллы байрамың (Г.Нурлепесова).
Сол күни қалмақтың байрам күни екен («Мәспатша»).
Уллы байрам той қылып, Халықты қылды абадан («Қырқ қыз»).
Салтанатлы байрамларда емес тек, Бизлер доспыз, дослық уллы бизлерде (Б.Қайыпназаров).
Жыраў тойларда, байрамларда көп адамлық жыйынларда ғана айтады (Н.Дәўқараев).