⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЙРАҚ II

Қарақалпақша

ат. Жарысқа тигилген сыйлық. — Ҳә бәрекелла, бүгинги байрақ сеники (Н.Дәўқараев). Басып озып гүл беремен байраққа, Ал мен уштым сен изимнен қуўала! (И.Юсупов). 0 Бәйги байрақ — жарысқа қойылған зат, ўәж. Ол тек усы атты шаўып биринши бәйги байрақты алыўына ғана қызығатуғын еди (Ж.Аймурзаев). Жети жылға ат жиберип Мойнағым, Кутлы болсын бәйги алған байрағың (К.Султанов). Бақсы байрақ — бақсыларға берилетуғын сыйлық. Бақсыларға байрақ берди, Жақсыларды жаман көрди (Күнхожа). Мүше байрақ — ылақ ойынында озып келгенлерге берилетуғын мал. Мүше байрақ бермеди, Еки айланып келди, Мунда да мүше бермеди, үш айланып келеди («Алпамыс»). Жары байрақ — берилетуғын сыйлықтың ярымы, жартысы. Абырайы сизики, жары байрақ бизики, Пошҳа-пош деп заңғар кәл, Ат жетеклей береди («Қоблан»). Байраққа тигиў — арнаў, жоллаў, бағышлаў. Мен басымды Нигарханның жолына байраққа тиккенмен, ... (К.Султанов).