БАЙТЕРЕК
Қарақалпақша
ат. 1. Турпаты үлкен, узын бойлы, жапырағы қалың, қойыў көлеңкели терек.
Саялы нәрўан байтерек, Аўылдан кублада ерек («Мәспатша»).
Олар алдымызға түсип жүрмесе есиктиң алдындағы еки байтеректиң биреўин түбинен шаўып жоқ етип, биреўин ғеллеклеп шырпып келиң, ... — деп тапсырады, ... (ққ.х.е.).
Ол байтерек үстинен ескен өлпең самал менен желбиреп түр (А.Бекимбетов).
2. аўыс. Ҳүрметли, абырайлы, мәртебели.
XX әсир қарақалпақ әдебиятының қос байтереги И.Юсүпов ҳәм Т.Қайыпбергенов дөретпелери халқымыз жүрегинен терең орын алған (газетадан).
Бул Байтерек тамыр урған тереңге (Б.Сейтаев).