⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЙЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Мүлки, дүньясы көбейиў, молайыў, қүрғынланыў. Усылай етип кемпир кем-кем байыйды (ққ.х.е.). Шийдиң түбин қайырған, Есап пенен байыған (ққ.х.қ.). Мийнет етип, күшимизди басқа биреўлердиң байыўы ушын жумсаймыз (Қ.Ирманов). 2. Көп егисликтиң егилип болыўы, егистиң тамамланыўы, егистиң бир түриниң егилип болыўы. Быйылғы егисте байыды (Ж.Аймурзаев). 3. Билим, илим, мәденият ҳәм басқа да тараўлардын, раўажланыўы, өсиўи. Дослық, бирлик арқалы мәденияты менен әдебияты көркейип байып отырады (Қ.Айымбетов). ... сын көтерерлик 10 поэма, 10 драмалық шығарма, прозаларды жазып әдебиятымызды байытты (Г.Есемуратов). Хәр бир миллет өз спеңификациясына ийе, бул өзгешеликлер ҳәр бир халықтың жер жүзилик, мәденият ғәзийнесине қосатуғын, оны толықтыратуғын ҳәм байытатуғын үлес болып есапланады (Б.Исмайлов). 0 Шала байыў — пайдалы зат алыў, бир олжаға гезлесиў, бир пайда түсириў, тысқарыдан кирис болыў, пайда көриў. «Жарлының бир тойғаны — шала байығаны» деген, ... («Мәспатша»). Егер буның бәри телекке түссе, онда шала байып қалармыз (Ө.Хожаниязов).