⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЛАҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Дизкийимниң, ыштанның, шалбардың, триконың дизеден төменги жағы. Балақларын шыйырып, Жантаққа қойын ийирип («Қырқ қыз»). ... бөз ыштанының балағы ҳәм баланың кесеўдей жылтыраған аяғы да ылай еди (К.Султанов). Балағын балтырына шекем түрди (Ж.Аймурзаев). 2. Қуслардың дизесинен төменги тобығына шекемги жери. Балақ жүни батпақ пенен үзилип, Аспанда жүреди бизиң ала қус (Әжинияз).