⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЛЛОН

Қарақалпақша

ат. 1. Ҳәрекетлениўши транспорттың (мотоңикл, машина, трактор ҳәм т.б.) ҳаўа толтырылған резина дөңгелеги. ...жолда автомашинаның баллоны жарылып қалды, ... (газетадан). 2. Аэростаттың газды өткермеўши сыртқы қабығы. Нөкис аэродромына баллон әкелинди, ... (газетадан). 3. Домалақ шар сыяқлы шийше ыдыс. ... көп узамай баллон менен пиво да әкелинди, ... (Қ.Айымбетов). 4. Суйықлық және де газди саклаўға арналған металлдан исленғен ыдыс (бак). Ҳәзир қаламыз баллонды ғаз бенен тәмийин етилди (газетадан). Газ баллонлы автомобильлердиң ғаз бенен тәмийинлениўи тек газ толтырыў станцияларында ямаса арнаўлы газ заправкашы тәрепинен әмелге асырылыўы керек (газетадан).