БАЛПАҢЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Аяғын шайқалып ырғалып басыў, салмақ пенен гәрдийип жүриў.
Басқа атлар балпаңлап, Кейнине буның ере алмай («Қырқ қыз»).
Аталық отыр ардақлап, Бийлери отыр балпаңлап (Әтеш).
Аяқлары балпаңдап, дир-дир етип сәл қоңпаңланқырап, және бир көрғенимди айтайын деп қолтығының астына узын тумсығы менен түртип-түртип қойыпты (ққ.х.е.).