БАЛШЫҚ
Қарақалпақша
ат. Топыраққа суўдың араласыўы менен пайда болған ылай, батпақ (ылайдың үстинде суўдың көн жатыўы, суўда араласып турыўы).
Хожамурат үйинде жатсын, бармаса балшыққа батсын (ғазетадан).
Қарсы қазған боз топырақты қарсы жаўын менен ийленип, балшыққа айланды (Н.Дәўқараев).
Жердеги балшық желимдей, аяғыңды жерден төрт еди көтертпейди (Н.Дәўқараев).