⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. 1. Суўда жасаўшы, суўда жүзиў ушын қалаш ҳәм қуйрықлары бар, сағақлары менен дем алыўшы омыртқалы суў жаныўары. Ылақа балық. Сазан балық. Ақбалық. Суўен балық. Шортан балық. Бекире балық. Балықтың өмири суўда өтер (ққ.х.н.). Жумабай менен қол усласып балық аўлап, көлге кеткен (К.Султанов). Қәдиримди халық билер, Халық билмесе балық билер (Бердақ). 2. Усы суў жаныўарының гөши. Куўырылған балық. Дузланған балық. Балық комбинаты ямаса Балық заводы — балық консервасын ислейтуғын, таярлайтуғын орын, завод. Минәйым бир қырма балық қуўырдақты әкелип, қойып кетти (Ш.Сейтов). Айымхан деген қызының баласы, Сапарнияз ҳәзир Қазақдәрьядағы балық заводында ислейди (Қ.Айымбетов). Балық консервасы — балық етинен заводта иеленген консерва. Ережеп бир метр ақ товар, бир кило қант, еки жүз грамм чай, бир ет консервасын, бир балық консервасын алды (Т.Нәжимов). 3. Шығыс жыл санаў каленларында бесинши жыл атамасы. Балық жылы. 0 Балық базары — а) адамлардың ғаўырлысы, шоқ болып жыйналысып турыўы, балалардың бир жерде үймелесип ойнаўы. б) балық сатылатуғын арнаўлы орын. Балық базары жаңа ғана қыза баслады (Н.Дәўқараев). Балық тартылыўы — балықтың азайыўы, кемейиўи, қуртылыўы, жоқ болыўы: Екинши биреўлер көлде балық тартылыўы дейди (К.Султанов). Балық басынан ширийди — Ис-қәрекеттиң илгерилемеўи, кейинге кетиўи, бирэўдиң қәтелесиўи, натуўры ис ислеўи, бир нәрсеге әкелип соғыўы. Балық басынан ширийди деген усы емес пе, ҳә о зақзақы! Тири масқара болғаның ғой бул! Жети түнде не қылып жүрсең бузақы!... (Ө.Хожаниязов). Алтын балық. Бир жазыўшы аў салыпты, Өт қақпай, жүдә жалықты. Енди қайтсам деп турғанда, Тутты ол алтын балықты. (Т.Жумамуратов).