БАЛҚЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Денениң, бойдың, кеўилдин, ойдың босаўы.
Неге ғана қорықпайын, Балқыйды мениң сүйегим («Қырқ қыз»).
Олардың бетлери борлаттай балқып, шоқтай жанады (А.Бекимбетов).
Әне, монша — түссең денең балқыйды, Әне, қайық, — Арзыкөлде қалқыйды (И.Юсупов).
2. Жердиң былқылдап босаўы, жибиўи.
Мийнеттен жумсап балқыған, Ким сүймес сақый даланы (Б.Қайыпназаров).
0 Қорғасындай балқыў, мумыядай балқыў — адым күшли ыссылықтан қатты затлардың, металлардың, шийшелердиң ҳәм тағы басқа затлардың суйықлыққа айланыўы, ериўи.
б) аўыс. жибисиў, босасыў.
Анда бул сөзди Тайшахан патша еситип мумдай ерип, қорғасындай балқып, ләбин тислеп, геллесин шайқап, мың пушайман етти («Алпамыс»).
Жолбарыстың денеси қорғасындай балқыйды («Мәспатша»).