БАЛҚЫТЫЎ
Қарақалпақша
балқыў фейилиниң өзгелик дәрежеси.
Жаңа ғана көтерилип шығып киятырған күнниң сәўлеси алыста жанып атырған өрттиң сағымындай болып көринди, тезден көкти, пүткил дүньяны балқытып, жүзине алтын нурын шаша баслады (Н.Дәўқараев).
Оның сақыйлығы менен мәртлигине арнап айтылған тостлар, адам түўе тасты балқытып жиберерлик дәрежеде болды (М.Нызанов).