БАНК
Қарақалпақша
ат. I.
1. Қаржылардың ўақтынша еркин жүргизилиўин тәмийинлеўши ҳәм ўақтынша кредит түринде пайдаланыў мүмкиншилигин жаратыўшы, сондай-ақ, кәрхана, мәкеме, шәлкемдер менен өз ара төлемлерди жүргизиўши ҳәм де жеке адамлар менен де мәмлекетте ақша айланысын қадағалаўшы, сондай-ақ, жаңа ақшалардың шығыўын да тәмийинлеўши финанс мәкемеси.
Банктиң Қарақалпақстан Республикасында 1 регионаллық хәм 3 район филиаллары бар (газетадан).
... оларды өндириў бойынша банклер, қарызлар кәрханалар, компания ҳәм ассоциациялар, аймақлардың басшылары биргеликте жумыс алып барыў зәрүрлиги атап өтилди (газетадан).
2. Карта, соқта ойынындағы гезекли карта, соқта таслап отырған, адамның қараўына жыйналған ақша.
3. Кумар ойынының бир түри.