БАР III
Қарақалпақша
ф. 1. Кетиў, бет алыў, жөнеп кетиў, турмаў.
Ҳақыйқатында ол келген күннен баслап-ақ жумысқа бар дегенди еситти оннан (газетадан).
2. Буйырыў, силтеў.
Оқыўыңа өз ўақтында бар, — деди Айзада оған (газетадан).
Жылқы көрмедиң бе? Бар! (К.Султанов).
3. Билер, шығар, солай емес не, несин сорайсаң.
Неси бар апа, қолдан келмейтуғын жумыс жоқ (Ө.Хожанов).
— Ол қандай ой? Ойдың да шеги бар емес пе? (Ж.Аймурзаев).
Сүттей татыўлыққа уйытқы болған тағы бир жағдай бар (К.Султанов).
0 Барын базар әйлеў — қолындағы бар нәрселери менен еплестириў, жайластырыў, ҳәрекет етиў.
Жигит ағасы барын базар әйлеп (Қ.Ирманов).
Барын бериў — үйдеги, қолдағы бар нәрселери менен жайластырыў, күтиў, бериў.
Алғаның салланып барыны берсе, Мийман күтсе басқа иси болмаса (ққ.х.қ.).
Бар шығар — мүмкин, итимал, керек, тийис, мәгәр.
Ҳақыйқат мүмкин билетуғынлар да бар шығар, бирақ олар ҳеш жерде әңгиме де етпейди (Т.Қайыпбергенов).
Халық аўзынан жыйылған сөз болғанлықтан күтә наққанақ болмаған жерлер де бар шығар (Қ.Ирманов).