⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАРАБАН

Қарақалпақша

ат. I Муз. Еки жағы жарғақ тери менен капланған, иши қуўыс, цилиндр формасындағы қағып (урып) ойнайтуғын музыкалық инструмент, әсбап. Жақынлап келе бергенде мектеп балаларының барабан урған, сигнал шерткен оқыў жылының басланғандағы шадлы намалары Тилегенниң кулағына келди (Қ.Айымбетов). Оқыўшылар мектеп беттен, Дүсирлетип барабанды (И.Юсупов).
ат. II тех. Цилиндр формасындағы ҳәр түрли машиналардың және механизмлердиң деталы, бөлеги. Машинаның барабаны сынып, жолда иркилди (К.Смамутов).