БАРДАС
Қарақалпақша
ат. Сымбат, тулға, турпат, геўде.
Мәрт жигиттиң бардасы бар, Көңилинде бир зәрдеси бар, Биреўинин балтасы бар, Мен пышағын берип келдим (Қ.Ирманов).
Ақыл керек қошламаға, Бардас керек усламаға, Ойланбай ис басламаға, Жигит желли есер дәркар (С.Мәжитов).
Демлеў палаў ҳәм қантлы чай, Бердиң неше ат, тон сарпай, Дәўлетин зыят Әмет бай, Көрсеттиң бардасты бүгин (Бердақ).