БАРШЫЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Көп, аз емес, бир талай, бир қанша, анағурлым.
Алып қарасақ, аўылымызда ақыл-ойы ала бүйрек адамлар да баршылық екен (К.Смамутов).
... тис каққанлардың арасында сөйтип пәнт жегенлери де, пәнт жегенлерди еситкенлери де баршылық (Ш.Сейтов).
Соның ушын бунда жумбақ пикирлер менен анық фактлер де баршылық (К.Мәмбетов).