⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАРЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Белгили бир жерге дейин келип жетиў. Хорезмниң елине Барған патша сенбисең («Ер Зийўар»). Сайеке менен барыўға, Бул да белин байлады («Қырқ қыз»). Барып көрсе ол бир дәудиң қорғаны екен (ққ.х.е.). 2. Бир нәрсениң ямаса ҳәрекепин барысы. Бул сабақлық олардың системалы ис алып барыўына анағүрлым жәрдем етти (Г.Есемуратов). Оның ислеп атырған жумысларының барысы менен танысты (Ө.Хожаниязов). Ҳәзирги турмысын тәрепке алсақ, Табысы дәрьядай тасып барады (К.Султанов). 0 Барып көриў — көз бенен көриў. Өзиңизлики болса дейсең, Аңа беглер барып көрсең (Әтеш ҳәм Омар). Барып келиў, барып қайтыў — бир жерге барып айланып келиў, қайтыў. Бизлер семьямыз бенен курортқа барып келемиз. (Қ.Айымбетов). — Аўа, жумыс бабында барып қайтыўым керек (Ө.Хожаниязов). Барып турған — жоқары шыңына жеткен, барынша. Гитлер ҳеш кимнин дайысы ямаса жийени емес, ал ол барып турған адамхор фашист (Ө.Хожаниязов). 0 Бардым-келдим — бир жерге барып хәм қайтып келиў, нәтийжесиз, жуўмақсыз, мәзи, қуры, кеўилсиз, босқа. Ойымды Мурат ага менен жеңгейдиң сөзлери бөлип жиберди, мен серсиз, бардым-келдим кеўилсиз тыңлап отырман (Ө.Хожаниязов). Барып-келиў — белгиленген жерге барып, қайтып келиў, айналып қайтыў. ...мал басына барып-келип жүрген, ...(А.Бекимбетов). Қарым-қатнастың барыў-келиў адамлар арасындағы өз ара байланыстың шәрти (Ө.Хожаниязов). 2. Турмысқа шығып, қайтып келиў. Барған сайын — улғайыў, күшейиў, зорайыў, ҳәўиж алыў, даўам етиў, созыў. Мырзабектиң даўысы барған сайын бәлентирек шыға берди (Ө.Айжанов). Ана сыйырлардан алынатуғын сүттиң мөлшери барған сайын жаңа усыл менен арттыра түсти (Ж.Сейтназаров). Барған соң — а) белгили бир жерге келгеннен кейинги хәм де барып жеткеннен кейинги ўақыт, бир хәдийсениң ямаса ўақыянын кейнинен болған ўақыт, кейинги ўақыт. — Қысынбаң! — Қалай қысынбайын, ағажан, мен сизиң жадыңыздан үйиме барған соң Садулланың апасына не айтаман (А.Бекимбетов). б) белгили бир муғдарға барыў, толыў, шығыў, келиў, жетиў. Жети жүзге барған соң, Жигит сондай мәрт болар (А.Бегимов). Барғанша — бир жерге ямаса бир орынға жеткенше, сол еки аралықтағы ўақыт. Не қылсын, ол барғанша ойлады (Т.Қайыпбергенов). Енди қайтып үйге барғанша патшаның қызы күйеўинен айырылып келипти деген атақты алғанша усы жиғитти тәрбиялайын, кийиндирейин деген ойда болады (ққ.х.е.). Орынлап барыў — бир нәрсени кеўилдегидей бежериў, питкериў, орынлаў. Атамурат барлық тапсырмаларды кеўилдегидей орынлап барды (Т.Қайыпбергенов). Түсинип барыў — ҳәрекетти, жағдайды билиў, түсиниў. ...Өйткени, буған түсинип барды. (Г.Есемуратов). Шийеленисип барыў — қәдийсениң, ўақыянын, былғасыўы, шатасыўы, шийеленисиўи. Излер бара-бара тоғайдың төрине қарай шийеленисип барды (Т.Қайыпбергенов). Бара бериў — әсте-ақырын жүрип барыў, қайта-қайта келе бериў. «Арзы оған карап тура алмады, тезирек бар, мен бара берейин», — деп кете берди (С.Мәжитов). Мен ақырын бара бердим (Ж.Аймурзаев). Оған дегди менен көкиректи таслап, дегдиниң таяғын услап, сүзип бара берейик (А.Бекимбетов). Дәстүрге айланып барыў — бир нәрсениң, қәдийсениң, ўақыянын бир жаққа қарай бурылыўы, өзгериўи. Бул дәстүрге айланып баратыр: бир-бирэўин критика етсе, тартысады, ... (Ө.Айжанов). Жарқ-журқ етип барыў — күле шырай бериў, кеўилли барыў, жағымпазлық етип барыў. Бир мәҳәлде карасам, бир ҳаялдын қапталындағы ҳаял менен жарқ-журқ етип баратырғанын көрдим,... (А.Әлиев). Буйығып барыў — уйқы тартыў, мүлгиў. Отырған жеринде буйығып баратыр. (Ө.Айжанов). Илинисип барыў — улғайыў, күшейиў, мәселениң зорайыўы. Ўақыянын екеўи де жүдә илинисип баратыр (А.Бекимбетов). Таз кебине барыў — бурынғы ҳалына, қәддине келиў, түсиў. — Тағы таз кебиңе бардың ба? (К.Султанов). Барып турған өжет — қырсық, қәкис. Барып турған өжет болды (Т.Қайыпбергенов). Барып турған жаўыз — зулым, мийримсиз, қатал. Барып турған жаўызлық ғой (Ж.Аймурзаев).