БАРЫНША
Қарақалпақша
р. Бар ықласы менен, барлық күш-куўаты менен, жигери менен болғанынша, мүмкиншилигинше, қәлегенинше.
Ҳәр ким барынша ҳәр ким өзинше орын тапты (Ж.Аймурзаев).
Ержан Айтымның үйинен шығыўы менен барынша адымын атып киятыр (С.Хожаниязов).
Барынша жумсап ерликти, Өкпесинен шаншыўға («Қырқ қыз»).