⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАРЫСЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Еки адамның өз ара келиспеўшилиги, айтысыўы, тартысыўы, сөгисиўи, сөз алысыўы. Егер де келисим бермейтуғын болсаңлар я сизлер шығың ямаса мен шығаман дегенге шекем барысқан (Ж.Аймурзаев). 2. Қатнасыў, байланыс жасаў. 3. Бирге барыў, бирге жүриў, жолдас болыў. Қалаға шекем бирге барысты (Қ.Айымбетов). 0 Барысып-келисиў — қатнасық жасаў, байланыс жасап отырыў. ... мына мәрдикарға алыў сапласқаннан соң өзлериниң барысып-келисип, биреў-биреўинде болса алыса берерсиз,... (М.Дәрибаев).