БАСКЕТБОЛ
Қарақалпақша
ат. (ингл.
basket — себет, тор + ball — топ) спорт.
командалық спорт түри.
белгили бир бийикликтеги щитке орнатылған металл шеңберге жип тор бириктирилип, сол торға топ түсирип ойналатуғын ойын.
баскетбол майданы.
баскетбол ойнаў.
баскетбол спорт жарысы.
солай етип, универсиаданың аймақлық басқышындағы спорттың баскетбол түри бойынша бириншиликти қарақалпақстанлы студент-жаслар қолға киргизди (газетадан).
19—21-сентябрь күнлери баскетбол бойынша қызлар арасында дене мәденияты факультетиниң бириншилиги болып өтти (газетадан)