БАСПАШЫ
Қарақалпақша
ат. Орта Азия хәм айырым Азия мәмлекетлеринде контрреволюция бандасының қатнасыўшысы.
Талаўшы, басып алыўшы, душпан.
Елес-капаста баспашыларда келип аўылға араласты (Қ.Ирманов).
Биреўлер оны дүньясына қызыққан баспашылар қара жерге гүмиран етти десе, екинши биреўлер өзиниң ислеген аўыр жынаятынан қорқып Парсыға я Төне Үргенишке қашып кеткен деп шығарды (А.Бекимбетов).