БАСТАН
Қарақалпақша
р. Әўелден, дәслептен, алдыннан, әдептен, әўел бастан, алды менен, алдын ала, алды бурын... Усыны бастан-ақ ислеў керек еди, — деп Сәлийма ашыўланыўы менен есикти тартып урып кетти (К.Султанов).
0 Бастан-аяқ — бир нәрсениң басынан аяғына шекемги аралық, басынан аяғына шекем.
Болған ўақыяның ҳәммесин қалдырмастан, бастан-аяқ Мәтеке председательге баян етти (К.Султанов).
Бастан кешириг — болған ўақыяны, ҳәдийсени өз турмысында көриў, өткериў.
Сапар барлық қыйыншылықларды бастан кеширип келди (К.Султанов).
Жетим де өзине боларлық қыйыншылықларды бастан өткердим, — деп баян етип отыр (Ж.Аймурзаев).