БАСҚА
Қарақалпақша
басқа, бөтен, өзге.
ана тилим, сен баспадан айырмам (и.юсупов).
бий басқа табаққа қолайласты, ... (к.султанов); басқа адам, өзге адам.
қәпелимде жин көринип басқа жигитиң, зып берипсең, шыр-пыр болып қалды бийшара (т.жумамуратов); бөтен жақ, басқа жақ, тәреп, бағдар.
мийирхан, ... мениң не дейтуғынымды тез аңғарып, басқа жаққа бурды (ө.хожаниязов).
♦ басқа шығыў — перзенттиң ата-ананың қолынан бөлек шығып кетиўи, өз алдына шаңарақ қурыўы.
өлимнен басқа — басқа нәрсениң ҳәммеси, барлығы, жәми.
өлимнен басқаның ертеси жақсы (ққ.х.н.)