⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАСҚАРЫЎ

Қарақалпақша

ат. мәмлекет тәрепинен басшылық етиўши орган. бизнес ҳәм басқарыў жоқары мектеби бағдарламалары бойынша оқыў ушын талабаларды таңлап алыў критерияларын белгилеў (газетадан); ф. басшылық етиў, ел бийлеў, жетекши болыў. билимли болып журт басқарады (ө.хожаниязов). ел басқарған адамның жаны таза, иси минсиз болыўға тийисли, ... (ө.айжанов). төремурат туў услап, нөкерди басқарса, есенгелди елден карыў-жарақ жыйнады (к.султанов); ф. бир нәрсени жолға салыў, уйымластырыў, бириктириў, шөлкемлестириў. оркестрди басқарып турған адам бул сөзге кеўил бөлмеди (н.островский); жансыз нәрселерди, техникаларды басқарып ҳәрекетке келтириў, меңгериў. пахтаның тәғдири бизлердиң қолымызда, ҳәр ким өз тракторын шебер басқарыўы керек (к.султанов); адамның өзин-өзи басқарыўы, қараслы болыўы, жетекши болыўы. адамда қуўаныш пенен қайғыны, ренжиўди орайлық нерв системасы бас мий басқарады (а.бекимбетов)