БАСҚЫ
Қарақалпақша
кел. ҳәзил-дәлкек, күлки, ҳәзиллесиў, дәлкеклесиў.
бири басқы таўып, бири күлисип, басқының астына түсти олақлар (ж.аймурзаев).
— қарақалпақтың «ўаҳаҳасы», басқысы басын тасқа урғызбай жүрген, — деп тақыўаланады әкеси ерназарға (ш.сейтов); ҳүжим, қысым, зорлық.
баярдың басқысына ушыраған адамлар қуў далаға қарап қаңғырды (ж.аймурзаев).
♦ басқы табыў — жуўапкершиликке ушыраў, бир нәрседен қәўетерлениў, сескениў, ҳаўлығыў, өз басын алып қашыў.
әйне песин ўағында, қалмақлар басқы табады, айпарша үстем болады («мәспатша»).
шыдамады, жаўыз зымырап қашты, ойламаған жерден таптылар басқы (ә.шамуратов)