⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАСҚЫЛАЎ

Қарақалпақша

i ф. бир нәрсени жент етип қатты басыў, женшиў. ... жамбасқа жумсақ деп сүйригин жапырып басқылай бережақсаң (к.султанов). суў көплеп етке жабысып, басқылап турды бөгетти (б.қайыпназаров)
ii ф. адамлардың бир-бири менен ҳәзиллесиўи, күлисиўи, ўаҳаҳаласыўы, шад болып отырыўы. бир неше жас жигитлер ўақытлы-ўақытсыз топарласып, бирин-бири басқылап, шақалақласып күлисип, отырыспалар қурып жүриўди әдет еткен еди (қ.айымбетов). бирин-бири басқылап ўаҳаҳаны салып, кең даланы басына көтерип киятыр (н.дәўқараев). басқыласып күлки үсти-үстине, кетти шағлап патефонның сести де (и.юсупов)