БАСҚЫНШЫ
Қарақалпақша
ат. өзге журтты зорлық пенен басып алыўшы, бастырып кириўши, бағындырыўшы, талаўшы, тонаўшы.
бармасқа душпан қоя ма, басқыншы журтқа тоя ма (қ.ирманов).
тис-тырнағына шекем қуралланған басқыншылар москва қасында тумсығы уўылғаннан кейин, кавказға қарай топылып, сталинградқа бағдар алды (ғ.сейтназаров)