⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАТЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Күнниң, айдың, жулдыздың батыўы, көринбей кетиўи. ... таңның атыўы менен батыўына дейин оқыў болады, ... (Қ.Айымбетов). Әлле қашан ай батты (И.Юсупов). Қуяш қызарып батып баратырғанда, Бекман тогайдан әдеўир узақлап төбешикке келди (Б.Бекниязова). Ах досларым, досларым! Шолпан жулдыз батқанда (Жийен жыраў). 2. Ойға берилиў, кирисиў, шүмиў. Капитан ықдаслы, терең ойға батты (А.Бекимбетов). Тоқсан түрли ойдың толқынына батып, ... Ержан қысыңды (К.Султанов). 3. Суў ямаса суйық заттың түбине шөгиўи. Гейбир бала арқалаған қатынлар баласы мекен суўға батып кетти (Қ.Ирманов). 4. Қатты тийиў, жағдайсыз болыў. Бул теңсизлик жалланып жүрген жас балықшыларға қатты батты (Қ.Ирманов). Олар бул сөздиң аўыр тасының астына батқандай көп ўақытқа шекем тыртым болды (Ж.Аймурзаев). Саған кирсе тикен, маған да батар, Түн-күнимиз бирге, бирге таң атар (Ә.Шамуратов). 5. Жойылыў, қурыў. Билер енди олар өз күниниң батқанын, Излер енди кек алыўдың қолайын (И.Юсупов). Песиндеги қуяштай өмири батыўға жақындағанда есине енген еди (ққ.х.е.). Бар қарындас батыўда болмасын, Жоқ қарындас жолында болмасын (ққ.х.қ.). 6. Синиў, денеге тараў, бойға тараў. ... денесиндеги көринген қызыл бөртиклердиң ҳәммеси батыпты, ... (газетадан). 0 Дүньяға, байлыққа батыў — дүньяға, мүлкке, малға ийе болыў. Ҳарамнан жыйнаған дүньяға батып жүрген залымларға азап берермен (Омар). Арқасы комбинат байлыққа батқан, балықшы улларын баўырына тартқан (К.Султанов). Ўўайымға, муңға, қыялға батыў — қайғыға, ўўайымға түсиў, қапаланыў. Ўўайым дәрьясына батып атырғанын Сарыгүл де иштен аяды (К.Султанов). Қордилерия жатар онда, Муңға батып, деми суўып (И.Юсупов). Ийегин қолына тиреп, мунлы-шерли сезимге қыялға батты (К.Султанов). Қуўанышқа батыў — ўақты хошлық етиў, қуўаныў, шадланыў, ойын-заўық қурыў. Батып Таня қуўанышқа, Бақырды ырғып: — Қурбан-Коля! (И.Юсупов). Оның қуўанышына батып, қумарын тарқатты (А.Бекимбетов). Жанға батыў — денеси аўырыў, басына ис түсиў, жаны ашыў. Урыстың зардабы оның да жанына аяздай батқан (К.Султанов). Үй жумысы жанына батқаны сондай, күнде бир мезғил жылап-сықлап алады (Ө.Айжанов). Ышқы дағы жанға батты, ҳәсиреттен қанлар жутты («Мәспатша»). Уйқыға батыў — хәз етип уйқылаў, рәҳәтленип жатыў, қатты уйқыға кетиў. Қатты уйқыға батыпсаң, Ҳәййиў-хәййиў жезде жан (ққ.х.қ.). Қанға батыў — денениң жараланып қан болыўы, қанға былғанып қалыўы. Усы суў ушын қызыл қанға батып жатырман ғой, ... (Қ.Досанов). Батпаққа батыў — а) ылайға, балшыққа батыў, үсти-басы патас болыў, ылайға былғаныў. Сырымбет қолына белди алып, батпаққа батып, сүринип жығылып турып тентиреклеп жүрип кетти (К.Айымбетов). Батпаққа батып, я жаптан өте алмай, я ийттен қорқып жары жолдан қайтып келип те жүрдим (Ж.Аймурзаев). Қасында жатқан қызы жоқ, батпаққа батқан мурнынан (А.Бегимов). б) аўыс. ҳәдийсеге ушыраў, бир иске шатылыў, былғасыў. ... бунын батпағына өзиң бат, өзиң қой! (Ж.Аймурзаев). Гүнаға батыў — айып ис ислеў, жаман қылықлар менен шуғылланыў, жаман нәрселерге жол койыў. Биреўди муқатып, биреўди күлдирип, шайтандай гүнаға батқаннан өзге не саўабы бар (К.Султанов). — Шеше, өйтип гүнаға батпаң (М.Шымбергенов). Денеге батыў — бир нәрсениң жанлы мақлуқлардың организмине батыў. Қонгода урған бир таяқ, Батар мениң денеме (И.Юсупов). Ақ баслы ер шоқлығына, денесине батыпты, Қанжар суғып қабақларың қатыпты (ққ.х.қ.). Сөздиң, гәптиң батыўы — аўыр сөз бенен айтыў, кейиў, урысыў, қатты айтыў. Маған бул гәптиң бататуғыны олардың көнген-көнбегени емес, жаңағы жаманның сөзи, ... (Ө.Айжанов). Ҳәсиретке батыў — мунланыў, қайғы-ўўайымға түсиў. Ҳәсиретке батып жас жанлар, Қула дүзде қалғаның (Жийен жыраў). Патаслыққа батыў — ылас, патас болыўы. Жоллар жатыр патаслыққа батып, Сийрек жайлар арасында (И.Юсупов). Саға әбден патаслыққа батып қалған екен (Ө.Хожаниязов). Терге батыў — ҳәз етиў, терлеў, көп терлеў. Ҳаял бул хүкимге жүдә ырза болғандай үндеместен тула бойы қара терге батып кабинеттен шықты (А.Бекимбетов). Күнниң батыўы — геўгимнин түсиўи, кештиң болыўи. Күн батып, қараңғы түседи (ққ.х.е.). Қас қарайып күн батқанда, Жапалақ қанат қаққанда (Бердақ). Ойға батыў — көп ойға, терең пикирге түсиў, ойланыў. Машинаның ишинде шофёрдың оң қапталында отырған капитан терең ойға батып, ҳеш жаққа сер салып қарамады (А.Бекимбетов). ... Гүлим бираз ойға батты (Т.Қайыпбергенов). Ш(а)ымбайына батыў — жанына батыў, қатты тийиў. Бизге ақыл бергенше жөнинди дүзе, Ш(а)ымбайыңа батып беди жылағанымыз (ққ.х.қ.). Шығынға батыў — көп қарызға батыў, шығынға ушыраў, зыянға қалыў. ... нәтийжеде олар көп шығынға батып қалды (ққ.х.е.).