БАТЫЛ I
Қарақалпақша
кел. Қайтпайтуғын, тайсалмайтуғын, тайынбайтуғын, ғайрат, қайсар, ер жүрекли, күшли.
...толқындай туўлайды, батыл жүрекли жигит әлле неден қыпсынып-қамығады (К.Султанов).
Қайтпады қайсар Суртайша, Бундай батыл талаптан («Қырқ қыз»).
0 Батылы барыў — жүрексиниў, батырсыныў.
Бас тартпас барар батылы, Қай кәсип күтип турса да (Б.Қайыпназаров).
Сениң жүрегиңе жерик болыпты, Мийримсиздин қалай барды батылы (К.Султанов).
Түў, бул қандай жүрек десеңши, қыз бенен сөйлесиўге де батылымыз жетер еди (Ө.Айжанов).
Батылы бармаў — жасқаншақлық етиў, батырсынбаў, жүрексинбеў.
Даўысымды шығарайын, оятайын десем батылым бармады (Ж.Аймурзаев).
Аты-жөнин сораўға бетинен уят қылаўы түспеген жаслардың батылы бармады (К.Султанов).
Бирақта, сүйген қызын бирден қушаклап баўырына қысыўға батылы бармай, Айсәнемге әбден жақындағанда тоқтап қалды (А.Бекимбетов).