БАТЫПШҮМИЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Қандай да бир заттың суўға биресе батып, биресе шүмиўи, батып шығыўы, қалқыўы.
Көп шөллепсең суў ишинде, Батып-шүмип турсаң да, Қалтырайсаң жел песинде, Сонша тамыр урсаң да (Күнхожа).
2. Бир нәрсе қаққында ойланыў, ойға берилиў.
Назлы кемпир қудаларының сөзлерине көп ойланып, қәр қыялға батып-шүмип отырды (К.Султанов).
3. Жумысқа гә орналасып, гә шығып жүриў, турақлы ислемеў, хызметке кирип-шығып жүриў.
Ҳеш жерге басы батпай Бекберген батып-шүмип жүр, ... (К.Смамутов).