БАХЫТ
Қарақалпақша
ат. Шадлы турмыс, өмирдеги қуўаныш, уўайымсыз, қайғысыз, тиришилик.
Еркин сайра, уллы бахыт бағында, Қорықпа, жолың саррас аға Пиримбет (Ж.Аймурзаев).
Қыншелли төгин шашса да, Таўсылмас бахыт удайы («Қырқ қыз»).
Буннан артық бахыттың кереги жоқ, Толғанай.
Дийқанның бахыты — дийқаншылықта, — деди ол (Ш.Айтматов).
0 Бахыт қоныў, бахыт қусы қоныў — қуўаныш, шадлық орнаў, жақсы турмыс кешириў, ўақты хошлықта жасаў.
— Ҳәй баба, он жети жасымда атамның тахты маған қалып еди, басыма бахыт қонды («Мәспатша»).
Әрман менен өлдим-талдым деғенде, Умыт болар дәўлет, бахыт қонғанда (Омар).
Бахыт қусы қонып енди басына, Шығып қалды жетпис алты жасына (Т.Сейтжанов).
Ел сүймесе, мениң жайым төрмеди? Бийик бахыт қыран қустай қонады (Т.Жумамуратов).
0 Бахыт нуры — шадлы турмыс орнаў.
Сөнбейтуғын бахыт нуры, Шайырлардың айтар жыры (С.Нурымбетов).