⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАХЫТЛЫ

Қарақалпақша

кел. Турмысы жақсы, шадлы турмыста жасаў, мал-мүлки көп, дәўлетли, бахыты бар. Олар бала-шағалы болып бахытлы жасамақта (Ж.Аймурзаев). Елиңе, өзине рахмет, сизиң елиңизге келип бахытлы болдым (ққ.х.е.). Абат аўылларда, бахытлы үйлерде, Жаңаланар қарақалпақ ҳаяты (Г.Матякубова). 0 Бахытлы өмир — жақсы турмыс, шадлы турмыс, турмысы жақсы болыў. Бахытлы өмир турмыс гилти, Бахытлы өмир — халық муҳаббаты (Ж.Аймурзаев). Дийқанлардың агрономдай, Шарўан малдың шын маманы, Шайырың жан инженери, Бахытлы өмир жырлағаны (И.Юсупов).