⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЯҒЫДА

Қарақалпақша

р. Бурынғы заманда, әййемги ўақытларда, ертеде. Баяғыда Шыныбийке менен екэўиң бәрқулла ойнап жүрер едиңиз (Ж.Аймурзаев). - Мен баяғыда еситкенмен (Т.Қайыпбергенов). Баяғыда бизиң аўылда Омар деген бир жигит болды (М.Абдраймов). 0 Баяғы ўақта — бурында, ертеде. Жаралы жейрандай қарақалпаққа сен баспана болдың баяғы ўақта (И.Юсупов).