⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҒДАРЛАМА

Қарақалпақша

ат. Жол-жоба, көрсетпе, тәртип, қағыйда. 1. Белгили бир мақсет, ис-ҳәрекет яки илажлардың алдын-ала белгиленип шығылған ис жобасы, оны әмелге асырыў тәртиби, қағыйдасы; программа. Саламат әўлад бағдарламасы. Мәмлекетлик тилди әмелге асырыў бағдарламасы. Азық-аўқат бағдарламасы. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары қабыл етилип, халықтың турмысын түп-тийкарынан жақсылаўға қаратылған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары басланды (газетадан). ... институттың Ҳаял-қызлар комитети басланғыш шөлкеми тәрепинен «Саламат ана ҳәм бала жылы» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында «Баланың жаты болмас» атамасындағы қәўенлерлик қайыр-сақаўат акциясы ҳәм миллий липаслар танлаўы болып өтти (газетадан). Азық-аўқат бағдарламасын орынлаў, халықты азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеўди әдеўир жақсылаў бойынша кешиктирилмейтуғын ўазыйпаны шешиў дән хетистириўге оғада үлкен дәрежеде байланыслы (газетадан). 2. Қолланба сыпатында әмел етиў. Оқыў бағдарламасы. 3. Орынланатуғын илажлар тәртиби, дизими. Конференция бағдарламасы. 4. Телевидение ҳәм радиода көрсетиўлер ҳәм еситтириўлер бағдарламасы. 5. Конъерт бағдарламасы. Кафедраның зийрек жаслары тәрепинен конъерт бағдарламасын тамашалап, нураный устазлардың кеўил-кейпияты көтерилди (газетадан).