⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҒЛЫ

Қарақалпақша

кел. 1. Ҳәр түрли мийўе ағашлары менен гүллери көп. — Шофёр оңға бур, анаў көринген бағлы жай, — деди Султан (А.Бекимбетов). Көз алдында Днепрдиң бойлары, Көз алдында Украина даласы, Ҳеш ўақытта шығар емес ядымнан, гүли бағлы сулыў Киев каласы (Ж.Аймурзаев). Әмиў бойындағы бағлы гүлзарын, Даңқлы қыял жүрегиме йош салдың, Бахты бәлент екен сен сүйғен ярдың, Мәңги нур жайнасын бахыт шырағың (Т.Сейтжанов). Дарағың кесилди бағлы мийўели бир, Шер өлген соң жетер қаяққа халы (Әтеш). 2. Биреўге бағынышлы, ғәрезли, қараслы. Бердақ айтар дағлы екенин, Залымдарға бағлы екенин, Бир көзиниң акды екенин, Ғәрип қәсерге пана бер (Бердақ). 3. Бағы бар. Бул жерде байдың бағы бар еди (ққ.х.е.).