⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҒЫЛЫЎ

Қарақалпақша

ф. Жанлы-жаныўарлардың тәрбияланыўы, қаралыўы, күтилиўи. Қайып көлде бағылып жүрген көп маллардың пахта атызларына түспеўин қадағаладық (А.Бекимбетов). Сыйыр жақсы бағылып жақсы күтилгенликтен тез күнниң ишинде-ақ ойдағыдай болып оңалып кетти (Ж.Сейтназаров). «Қыста от-шөп болмаса, сондай-ақ, — деп Зийбагүл блокнотына, — өристе жаман бағылса, отсыз жерге жайылса, сыйырдан сүт алыўдың продукциясы кемийди (Ө.Айжанов).