⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҒЫНЫҢҚЫ

Қарақалпақша

кел. 1. Қараслы, ғәрезли, бағынышлы. 2. грамм. Сөз бенен сөздиң, гәп пенен гәптиң бир-бирине мәнилик жақтан бағыныўы. Бағыныңқы гәп, бағыныңқы қоспа гәп. Мысалдағы дәслепки үш бағыныңқы гәп бас гәпке ҳәр қайсысы тиккелей тең байланысқан (Ҳәзирги қарақалпақ тили. Синтаксис). Избе-из бағыныңқылы қоспа гәплердеги бағыныңқы гәплер дәслеп өз ара мәнилик ҳәм грамматикалық жақтан байланыста болып, контекстте турақлы орынға ийе болады (Ҳәзирги қарақалпақ тили. Синтаксис).