⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАҒЫШ

Қарақалпақша

бағыш етиў ф. 1. Пидә болыў, сарп етиў, бир нәрсениң жолына басын арнаў, тигиў. Бадам қабақ жүзинде қал, Жолыңа бағыш дүнья-мал (Әжинияз). Аға-беглер тартса жат журтқа несип, Душпанлар қуўанар көкейин кесип, жүрер күнлер бар ма кеўлим өсип, Барлы өмирим бағыш мениң халық ушын (ққ.поэз.ант). 2. Арнаў, нийетлеў. Усы үскенелердиң ҳәммеси саған бағыш (ққ.х.е.). 0 Бағыш етпеў — бир нәрсениң жолына басын тикпеў, арнамаў, бағышламаў. Ата-анам өлгеннен соң, Қызыл гүлим солғаннан соң, Жалғыз өзим қалғаннан соң, Денемди бағыш етпедим (Бердақ). Мен тиймеймен өлтирсең де, Ертең дарға илдирсең де, Қандай бир азап берсең де, Етпеймен денемди бағыш (Бердақ).