БАҚАНШАҚТАЙ
Қарақалпақша
кел. Бақаншаққа усаған, бақаншақ сыяқлы, бақаншақ тәризли.
Көзи бақаншақтай, он бир, он еки жастағы қара бала алыста қатар етип турған генейлерди қолындағы сақа менен баўдай түсирип тур еди (К.Султанов).
Маманға, оның өзине сай атқосшысына, қызғаныш көзлери менен қарап турған бийлерди көрип хан бақаншақтай алақанын шот маңдайына сая қылып, қасындағы Полат жасаўылдан сорады (Т.Қайыпбергенов).