БАҚТАЛАСЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Басқа бирэў менен жарысыў, сол адамдай боламан деп талапланыў, тырысыў, ҳәрекет етиў.
Мына дәскени, мына мүлкти маған көп көрип, бақталасып жүрген мына гедейдиң қызының артықмашлығы не? (К.Султанов).
2. Көре алмаў, қызғаныў.
Усы менен бирге помещиклер арасында ала аўызлық, бақталасыў, бирин-бири күнлеўшилик туўды (газетадан).