БАҚША I
Қарақалпақша
ат. 1. Ҳәр қыйлы мийўе ҳәм палызлы егинлер егилген жер, сондай-ақ, үй алдындағы егислик майданшасы.
Кишкентай бақшаның иши түрли мийўе ағашлары менен толған (А.Бекимбетов).
Көктиң аңқыған жупар ийиси гүл бақшадан асқандай қонақтың танаўына тәсир етти (А.Бекимбетов).
Жорға жүрмел, тулпар киби жүйриклер, Адамзатқа шад болғанда кереклер, Бағы-ҳәрем, бақша ҳәм де тереклер, Көзлериме шеңгел шелли көринди (Бердақ).
2. аўыс. Өмирдиң, тиришиликтиң қуўанышы, ўақты хошы, салтанаты.
Рахмет, саған шырағым, Бақшадан гүллер тергейсең («Қырқ қыз»).
Ақырын аралайық, — деди Айжамал, — әне бақша, бизлерден емес қашық (Ж.Аймурзаев).
Бүлбүлим, сайра-сайра, Бақшада саз жанласын (И.Юсупов).