БАҚЫРАЎЫҚ
Қарақалпақша
кел. 1. Көп бақыратуғын, биймаза, тентек адам.
Хожайын жүдә бақыраўық адам (Айбек).
Сәл нәрседен қыйтық таўып, — Билмейсең, — деп жала жаўып.
Ҳәр кимге бир дәпиниўши, Болды нағыз бақыраўық (Т.Жумамуратов).
2. Көп бақыратуғын хайўанат, мал.
Ғарры түйе бақыраўық болады (ққ.х.н.).
0 Бақыраўық түйениң бары жақсы (ққ.х.н.).