БАҚЫРАЙЫЎ
Қарақалпақша
ф. Бежирейиў, тесирейиў, көзди үлкен етип ашып қараў.
Кемпирдиң көзи бақырайып, қолындағы көпшигин торс еткизип, жерге таслады (К.Султанов).
Қақпанға түскен қояндай қара көзим бақырайып, ишимнен шыр-пырым шықса да сыртымнан сыр алдырмай отыра беремен (Ж.Аймурзаев).